Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң өзбек тили оқытыўшы Ш.Ш ботқа жоллаған мүрәжати үйренилинип шығылып төмендегилерди мәлим етеди.

Сабақ саатлары мектептиң өзбек тили пəн метод бирлеспеси жыйналысында 3271-сан менен дизимнен өткен Реже тийкарында бөлистирилген.

Өзбек тили оқытыўшысы Д.К қәниге емес, биринши категориялы оқытыўшы болып, 1 ставкада емес, 18 саат сабақ алғанлығы, 2021-жыл 25-июнда Халық билимлендириў министрлигиниң аттестация комиссиясы жыйналысының 3-санлы қарары менен биринши категория (РА-I-Е №0102962) алған.

Буннан тысқары Д.К бир қанша жетискенликлерине ийе болып, оның алдынғы ис тәжирийбелери ен жайдырылған, методикалық усыныслар ислеп шыққан ҳəм ҳәр қыйлы таңлаўларда оқыўшыларын таярлап шығарған.

Оқытыўшының напақаға шығыў ямаса шықпаўы өз разылығы менен болады. Жумыс бериўши напақаға шыққан оқытыўшының шәртнамасын бийкарлаў нызамшылықта белгиленбеген.

Сондай-ақ, оның сабақ саатларының басқа оқытыўшыларға қарағанда кем бөлистирилиўине тийкар бола алмайтуғынын мәлим етип билдиреди.