Социаллық тармақлар арқалы Қарақалпақстандағы барлық орта билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс оқыўшылары ушын бийпул аўтқатландырыў жолға қойылғаны ҳаққында пост тарқалды.
Тарқалған пост бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Yйрениў нәтийжесинде бул жумысларды усы оқыў жылында да даўам еттириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 23-август күни 01-08/9-08/411-санлы баянламасы менен Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Кейтеринг тийкарында саламат аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў жумысларын қадағалаўшы исши топар қурамы ҳәм де Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы Нызамға муўапық улыўма орта билим бериў мектеплеринде кейтеринг тийкарында саламат аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў бойынша “сатып алыў (харид) комиссиясы” қурамы тастыйықланды.
Жоқарыдағы Қарар менен тастыйықланған улыўма орта билим бериў мектеплеринде саламат аўқатландырыў сестемасын кейтеринг усылда шөлкемлестириў ҳаққындағы Реже талапларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиалық жәмийетлик тынышлықты сақлаў басқармасы ҳәмде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған тағамнама (мәўсимлик азық-аўқат өнимлери) тийкарында азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлениўи көрсетилген.
Сондай-ақ, Санитария-гигиена нормаларынан келип шығып бир бала ушын бир мәртебе азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў баҳасы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықлап берилиўи көзде тутылған.
Министрлик тәрепинен тағамнама (мәўсимлик азық-аўқат өнимлери) 26-август күни тастыйықланған болса, бир бала ушын бир күнге сарыпланатуғын қәрежет усы жылы 28-августа тастыйықланғанлығы себепли, 4-сентябрь сәнесинде улыўма билим бериў мектеплери жәми 42 лотларға ажыратылып, Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасына таңлаў (тендер) өткериў ушын жайластырылды.
Кейтеринг хызметин көрсетиўге талабан исбилерменлик субъектлери
5 жумыс күни мүддет ишинде Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасы арқалы таңлаўға катнасып, тастыйықланған техник талапларына жуўап беретуғын исбилерменлер «Сатып алыў (харид) комиссиясы» тәрепинен таңлап алынатуғынлығын мәлим етемиз.